У нас вы можете посмотреть бесплатно Посқан Ел - Жийен жырау дөретпеси _QqbyAi - Posqan El (The Devastated Nation) или скачать в максимальном доступном качестве, видео которое было загружено на ютуб. Для загрузки выберите вариант из формы ниже:
Если кнопки скачивания не
загрузились
НАЖМИТЕ ЗДЕСЬ или обновите страницу
Если возникают проблемы со скачиванием видео, пожалуйста напишите в поддержку по адресу внизу
страницы.
Спасибо за использование сервиса ClipSaver.ru
Посқан Ел - Жийен жырау Ата журты Түркстан, Онда да паян етпеди. Күни-түни қыйналып, Он еки айда тапқаны, Қыс азыққа жетпеди. Кемтар болды суўлары, Ексе егин питпеди. Жаўгершилик көп болды, Сансыз адам қырылып, Ғарға жеген өликке, Жылға, сайлар топ болды, Зулымға дады жетпеди, Адам өлди қан төгилди, Бийгүна гелле кесилди, Ақ денели арыўдың, Бурымлары есилди. Қолы жеткен шоштыйып, Үлгисиз тон пишилди, Сағыйраның қанлары, Суў орнына төгилди, Атаға бала қарамай, Балаға ата қарамай, Кийерине кийим жоқ, Жол жүриўге жарамай, Жасы қайтқан ғаррылар, Бүгилген бели аналар, Көшкен көшке ере алмай, Жолда қалды биразы, Далада қалды көмиўсиз, Қызыл қумды асалмай, Дәрманы кетти ашлықтан, Аяғын қыя басалмай, Перзентлери жылады, Өлген ата-анасы, Қәўимине қоса алмай, Бүлгиншилик көп болды, Қарақалпақ посқан ел, Хорезмге жетиўге, Ҳәммелери буўды бел. Ата журты Түркстан, Өмирлик жайлаў болмады, Ғәрип пенен қәсерге, Жетим менен жесирге, Саясын ҳеш бир салмады. Алды менен басшысы, Еки ийнин жалмады, Бузық болды ийшаны, Әдилсиз болды қазысы, Гүнасыздан биразды, Гүналы деп қыйнады. Еки жақлап, үш жақлап, Күнниң жүзин көрсетпей, Кеўилге қайғы жамады. Ҳәй ағалар, ағалар! Постық сонда сандалып, Арқаладық арбаңлап, Ақырет көрдик өлимлик, Ишерге суў болмады, Көзимизден жаўдырап, Ашлықтан қаттық, қақпаштай, Қол-аяқлар салдырап, Қар бурқырап қан жаўды, Турмады ҳеш бир жадырап, Сонда да бизде кийим жоқ, Жалаң аяқ, жалаң бас, Киятырмыз қалжырап, Баз биреўдиң қолында, Қундақлаўлы баласы, Анасынан сүт шықпай, Тамшылайды көз жасы, Оны көрип өксийди, Неғылсын ғәрип анасы, Оған берер нәрсе жоқ, Тек шырағым панасы, Қазан-табақ арқалап, Киятыр байғус атасы. Ўай бийшара аналар, Ўай бийшара жас қызлар! Бүгилисип беллери, Жасы қайтқан ғаррылар, Тайнып ақ таяғын, Беллери әбден бүгилип, Басалмайды аяғын, Отырады дем алып. Он-он беси қуралып, Үн қосысып жылайды,