У нас вы можете посмотреть бесплатно Гүлмурат шайырдың - Қайраўда жалғыз ғаз қосығы made by QqbyAi или скачать в максимальном доступном качестве, видео которое было загружено на ютуб. Для загрузки выберите вариант из формы ниже:
Если кнопки скачивания не
загрузились
НАЖМИТЕ ЗДЕСЬ или обновите страницу
Если возникают проблемы со скачиванием видео, пожалуйста напишите в поддержку по адресу внизу
страницы.
Спасибо за использование сервиса ClipSaver.ru
Intsagram : / qqbyai Telegram : https://t.me/qqbyai TikTok: / qqbyai Гүлмурат шайырдың "Қайраўда жалғыз ғаз" қосығы Қайраўда бир ғаз тур қанатын қағып, Ғаңқылдайды еки көзден қан ағып. Аяқтағы жипти шайнап жәниўар, Өз еркиме кетсем дейди ылағып. Деген менен шешилмейди аяғы. Бул мақсеттиң бири питпей ондағы, Кеўилдеги көп қайғының дәртинен, Қара жерге қарыс кирди тырнағы. Көтерилип қос қанатын қағады, Көрген ўақта ҳаўадағы ғазларды, Топарына қосылсам деп жәниўар, Қапталына шақырмақшы болады. Шақырған даўысын еситип олар, Әл ҳаўада жүрип қанаты талар, Қайрылмай кетиўге көзлери қыймай, Ақыры айланып қасына қонар. Бир-бирине үйкелесип мойынын, Баслағанда қуўанышлы ойынын, Атыўға қолайлап бети сур мерген, Гезеде жасырып турады бойын. Бир-бирине қосылғанда интизар, Ғаңқылдасып отырғанда жәниўар, Орынсыз бийгүна жас жанын қыйып, Сур бетли мергенлер ордасын бузар.